Анықлық киргизилди: Мойнақтағы «Арал балықларынан 99 түрли тағам» гастрономиялық фестивалы 19-20-октябрь күнлери өткериледи
Мойнақ районында «Арал балықларынан 99 түрли тағам» халықаралық гастрономиялық фестивалы ҳәм «Арал ҳәм Мойнақтың қайта тиклениўи» атамасындағы халықаралық экофестивалы усы жылдың 19-20-октябрь күнлери болып өтеди. Бул ҳаққында Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министрлиги хабар бермекте.
Илажды өткериўдеги мақсет, Мойнақ районының экономикалық турақлылығын тәмийинлеў, район халқының жасаў дәрежесин ҳәм сапасын арттырыў, сондай-ақ, сырт ел ҳәм жергиликли туристлерди Арал бойы аймағының мәдений-тарийхый мийраслары менен таныстырыў болып табылады.
Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги
Makan.uz сайтының жаңалықларын социаллық тармақларда көрип барың
- 9-10-2018, 12:36 |
- 371