Қарақалпақстанлы азаматлардың жаңа жеңислери
16-сентябрь күни Ташкент қаласында Өзбекстан бодибилдинг, фитнес ҳәм мас-реслинг федерациясы тәрепинен ашық кубок өткерилди.
Бодибилдинг ҳәм мас-реслинг бойынша спортшылар күш сынасқан бул жарысқа бес спортшымыз ылайықлы қатнасып қайтты.
Атап айтқанда, бодибилдинг спорт түринен 60 килограмм салмақ категориясынан Махкамжан Атабеков 2-орынға, мас-реслинг бойынша 90 килограмм салмақ категориясынан Асадбек Қырықбаев 3-орынға ылайық деп табылды.
– Шәкиртлеримниң бул спорт түрине қатнасып атырғанына бир жылдай болды, – дейди Қарақалпақстан бодибилдинг, фитнес ҳәм мас-реслинг федерациясының баслығы Бахыт Шуакбаев. – Қолыма кубокты услаған ўақытта залдағы шынығыўларымыз көз алдыма келди. Биз үлкен мақсетлерди алға қойғанбыз. Келешекте Өзбекстанымыздың байрағын бәлентлерге көтериўге бар күш-ғайратымыз бенен ҳәрекет етемиз.
Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги
Makan.uz сайтының жаңалықларын социаллық тармақларда көрип барың
- 19-09-2018, 10:57 |
- 348