Дене тәрбия ҳәм спорт министри лаўазымынан кетти
Өзбекстан Дене тәрбия ҳәм спорт министри Шоакром Исроилов өз лаўазымынан кетти, деп хабар берди gazeta.uz. Февраль айында жаңадан шөлкемлестирилген министрликке баслық етип тайынланған Шоакром Исроилов сәршенби күни командасы менен хошласқан. Оның жаңа жумыс орны ҳаққында мағлыўмат жоқ.
Ойбек Қосимов. Фото: Халық аралық пресс-клуб.
Министрдиң биринши орынбасары Ойбек Омилович Қосимов министр ўазыйпасын ўақтынша атқарыўшы етип тайынланды.
Аўдарма: makan.uz
Makan.uz сайтының жаңалықларын социаллық тармақларда көрип барың
- 26-07-2018, 14:02 |
- 441