Дағаза: Шет елге шығыўшы пуқаралар дыққатына!
2019-жыл октябрь айынан баслап шет елге шығыўшы пуқаралар төменде көрсетилген орынлардан Өзбекстан Республикасы пуқарасының шет елге шығыў биометрик паспортын рәсмийлестириўине болады:
- Хожели, Тақиятас районы турғынлары Хожели районы ИИБ Миграция ҳәм пуқаралықты рәсмийлестириў бөлимшесинен;
- Шоманай, Қанлыкөл, Қоңырат, Мойнақ районы турғынлары Қоңырат районы ИИБ Миграция ҳәм пуқаралықты рәсмийлестириў бөлимшесинен;
- Шымбай, Қараөзек, Тахтакөпир, Кегейли районы турғынлары Шымбай районы ИИБ Миграция ҳәм пуқаралықты рәсмийлестириў бөлимшесинен;
- Әмиўдәрья районы турғынлары Әмиўдәрья районы ИИБ Миграция ҳәм пуқаралықты рәсмийлестириў бөлимшесинен;
- Төрткул, Елликқала, Беруний районы турғынлары Төрткул районы ИИБ Миграция ҳәм пуқаралықты рәсмийлестириў бөлимшесинен;
Соныңдай, Нөкис қаласынан Қарақалпақстан Республикасы ИИМ Миграция ҳәм пуқаралықты рәсмийлестириў басқармасынан рәсмийлестириўге болады.
Қосымша мағлыўмат ушын телефон: 61 222 15 53
Телеграм канал: https://t.me/Nukus_ovir
Қарақалпақстан Республикасы ИИМ Миграция ҳәм пуқаралықты рәсмийлестириў басқармасы
Makan.uz сайтының жаңалықларын социаллық тармақларда көрип барың
- 15-10-2019, 10:34 |
- 3 032