Қанлыкөлде де Спарк жеңимпазы анықланды
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси тәрепинен жәрияланған «10 күн ишинде ең көп пахта терген шаңарақ» таңлаўының 2-аймағы бойынша Қанлыкөл районы бириншиликти қолға киргизди.
Қызғын беллесиўлерге бай болған таӊлаў жуўмағы бойынша «Мәденият» мәкан пуқаралар жыйынынан Ж.Ешжанованыӊ шаӊарағы 10 күн даўамында 8 мың 261 кг пахта терди Жеңимпазға Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси тәрепинен «Спарк» автомашинасы инам етилди.
Сондай-ақ, таңлаўға «Жаңа қала» аўыл пуқаралар жыйыны аймағынан П.Муратбаевтың шаңарағы 4 мың 945 кг ал, «Қанлыкөл» посёлкалық пуқаралар жыйынынан Ш.Өтемисованың шаңарағы 2 мың 423 кг пахта терип, мапазда белсендилик көрсеткенлиги ушын шөлкемлестириўшилер тәрепинен қымбат баҳалы саўғалар менен сыйлықланды.
Дерек: Қанлыкөл район ҳәкимлиги
Makan.uz сайтының жаңалықларын социаллық тармақларда көрип барың
- 9-10-2019, 11:00 |
- 2 172