Өзбекстанда «буханка» нан баҳасы мәмлекет тәрепинен тәртипке салынбайды
Фото: Telegram / @UzbekVideo
Өзбекстанда бүгин, 15-сентябрьден баслап қәлипли («буханка») нан баҳасының мәмлекет тәрепинен тәртипке салыныўы бийкарланды. Министрлер Кабинети қарарына муўапық ендигиден былай «буханка» еркин базар баҳасы бойынша сатылады, деп хабар берди daryo.uz.
15-сентябрьден баслап «буханка» баҳасы дерлик еки есе асып, 650 сўмнан 1200 сўмға көтерилди.
2018-жыл 1-октябрьден баслап халықтың социаллық қорғаўға мүтәж қатламына ун ҳәм қәлипли нан алыў бойынша қәрежетлерди қаплаў ушын ең кем айлық ис ҳақының 10% (18 400 cўм) муғдарында компенсация бериледи.
Мағлыўмат ушын, Өзбекстанда қәлипли нан баҳасы сонғы мәрте 2014-жыл сентябрьде 50 сўмға қымбатлап, 650 сўм етип белгиленген еди.
Аўдарма: makan.uz
Makan.uz сайтының жаңалықларын социаллық тармақларда көрип барың
- 15-09-2018, 12:37 |
- 458