Өзбекстанда 15-17-июнь күнлери дем алыс деп жәрияланды
Рамазан ҳайтын белгилеў ҳаққындағы Президент қарары қабыл етилди. Қарарға муўапық, Өзбекстан мусылманлары басқармасының 2018-жылы Рамазан ҳайтының биринши күни 15-июнь – жума күнине туўра келиўи ҳаққында қабыл етилген қарары есапқа алынып, 2018-жыл 15-17-июнь күнлери, яғный Рамазан ҳайтының биринши үш күни байрам сыпатында белгиленеди, деп жазады Әдиллик министрлигиниң «Ҳуқуқий ахборот» каналы.
Усы мүнәсибет пенен, жуўапкер мәкемелерге Рамазан ҳайтын орынларда халқымыздың миллий үрп-әдетлерине сәйкес тәризде, тәртипли ҳәм жоқары дәрежеде өткериў ушын зәрүрли илажларды әмелге асырыў ўазыйпасы жүклетилди.
Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги
Makan.uz сайтының жаңалықларын социаллық тармақларда көрип барың
- 12-06-2018, 13:36 |
- 843