Қурылыс тараўының пидайысы Есен ата 80 жаста
Есен аға ҳәр сапары пайтахтымызда, район орайлары менен шетки аўылларымызда бой тиклеп атырған, бири-биринен шырайлы зәўлим имаратлардың жанынан өткенинде узақ тигилип, өзиниң жаслық жылларын көз алдына елеслетеди. Изиңдегилерди көрип қартаярсаң, дегениндей, пүткил саналы өмириниң дерлик 42 жылын усы қурылыс тараўына арнады.
Өткен дәўир ишинде небир қыйыншылықларды, машақатлы демлерди басынан өткермеди дейсиз. Соның менен бирге, узақ жыллық жемисли мийнетиниң арқасында абырай арттырды, устазларынан жол-жоба алды, өз гезегинде бир неше шәкиртлер таярлады. Бүгинги күни олардың көпшилиги устаз жолын даўам еттирип, машақатлы ҳәм мақтанышлы кәсипте мийнет етип келмекте.
Мақаламыз қаҳарманының өмир жолына нәзер таслайтуғын болсақ, ол 1938-жылы Шымбай районының «Бахытлы» аўылында туўылды. Орта мектепти питкергеннен кейин дәслепки мийнет жолын өзи туўылып өскен аўылында бригада баслығы болып ислеўден баслады. Өндиристен қол үзбеген ҳалда Ташкент политехника институтының қурылыс факультетине оқыўға кирди. Жаслайынан қурылысшы болыў әрманының иске аса баслағанына көзи жеткен ол оқып жүрип, Ташкент қаласындағы қурылыс мәкемелериниң бирине жумысқа кирди. Жоқары оқыў орнында алған теориялық билимин әмелиятта жетилистирип, тараўдың өзине тән сырларын меңгерип барыўына кең имканият жаратып берди.
Жоқары оқыў орнын табыслы питкергеннен кейин республикамызға қайтып келип, 6-санлы қурылыс трестине жумысқа орналасты. Сол жыллары Шымбай ҳәм Қараөзек районларындағы салыгершиликке қәнигелестирилген хожалықларда кең көлемли қурылыс жумыслары алып барылып атырған еди. Жас қәниге көпшилик қатарында усы қурылыс жумысларына белсене қатнасып, пидайылық көрсетти. Соның нәтийжесинде 1965-жылы дәслеп «Қараөзек» участкасында бас прораб, соңынан 14-санлы көшпели механизацияласқан колоннасында бас инженер, «Қараөзек» участкасының баслығы болып иследи. Басқышпа-басқыш лаўазымларда тәжирийбе арттырып барған жас қәниге, тапсырылған ҳәр қандай ўазыйпаны булжытпай орынлап барыўға, солай етип, өзине билдирилген исенимди ақлаўға ҳәрекет етти.
Нәтийжеде, арадан көп ўақыт өтпей-ақ пайтахтымыздағы 13-санлы көшпели механизацияласқан колоннасына басшы етип тайынланды. Бул дәўирде ҳәзирги өзи жасап киятырған пайтахтымыздағы 24 ҳәм 25-киши районларда бир ҳәм еки қабатлы коттедж турақ жайлардың қурылысы басланып атырған еди. Оның басшылығында КМК жәмәәти ҳәр бир объектти өз мүддетинде сапалы етип питкериўге ҳәрекет етти. Нәтийжеде аймақ пайтахтымызда ең бир шырайлы орынлардың бирине айланды.
Сол жыллары республикамыздағы ең ири қурылыс мәкемелеринен есапланған «Қарақалпақирсовхозстрой» «Аралсуўқурылысы» мәкемесине айландырылды. Тараўда көзге көринип киятырған жас қәниге Есен Реймов усы үлкен қурылыс мәкемеси баслығының қурылыс ислери бойынша орынбасары болып тайынланды. Енди ол республикамыз көлеминдеги ири қурылыс жумысларына басшылық етти. Атап айтқанда, пахташылыққа қәнигелестирилген 6, салыгершиликке қәнигелестирилген 20 хожалық турғынлары ушын турақ жай, улыўма билим бериў мектеби, мектепке шекемги билимлендириў мәкемеси, поликлиникалар, халыққа хызмет көрсетиў имаратларының қурылысларын алып барыўда басшылық етти. Ҳәр биринде 7 мыңнан 10 мыңға шекемги адам жасайтуғын бул хожалықларға тәбийғый газ, электр энергиясы, ишимлик суў тармақлары жеткерип берилип, автомобиль жоллары асфальтланды. Бул жумысларда да өзиниң мийнет сүйгишлиги, шөлкемлестириўшилик уқыбы менен кәсиплеслериниң арасында абырайға ийе болды. Тақыятастағы «Қарақалпақирмонтаж» трестиниң баслығы болып ислеген жыллары «Түйемойын-Нөкис» регионаллық суў тармағы, әсиримиздиң ең ири қурылысы есапланған «Қоңырат сода заводы» унитар кәрханасы, «Тақытас жай қурылысы комбинаты»ның қурылыс жумысларында да өзиниң баҳалы мәсләҳәтин аямайды.
Тараўдағы көп жыллық жемисли мийнети ҳүкиметимиз тәрепинен мүнәсип баҳаланды. 1974-жылы оған «Қарақалпақстан Республикасына хызмет көрсеткен қурылысшы» ҳүрметли атағы берилип, бир неше мәрте Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумының Ҳүрмет жарлығы, «Өзбекстан Республикасы ғәрезсизлигиниң 25 жыллығы» көкирек белгиси менен сыйлықланды.
Ҳүрметли демалысқа шыққаннан кейин де қарап отырмады. Нөкис қаласы басшыларының усынысы, аймақ турғынларының қоллап-қуўатлаўы менен өзи жасап атырған «Қурылысшы» мәкан пуқаралар жыйынына басшылық етти. Усы жыллар ишинде халықтың турмыс шараятын жақсылаў, түрли миллет ўәкиллериниң өз-ара дослығын, беккем аўызбиршилигин сақлаў жолында жасы үлкенлер, кеңесгөйлери менен биргеликте тынымсыз жумыс алып барды. Халық даналығындағы «Ғаррылық-ақыл және тәжирийбе алтынларына толтырылған гүзеге уқсайды»,-дегениндей, аймақ турғынларынан, соның ишинде жаслардан, айырым билип-билмей жынаят ислеп, жолдан адасқанлардың турмыстан қайта өз орнын табыўында өзиниң бай турмыслық тәжирийбесин, жасы үлкенлик ақыл-нәсиятын айтыўдан шаршамайды. Ҳүрметли Президентимиз тәрепинен жаратып берилген шараятлардан пайдаланған ҳалда, көпшилик қатарында 2013-жылы Ҳаж сапарына барып, мусылманшылықтың бир парызын орынлап қайтты.
— Есен аға аймағымыздағы ҳүрметке миясар нураныйларымыздан бири,-дейди «Қурылысшы» мәкан пуқаралар жыйынының баслығы Бахыт Сатуллаев. — Қандай мәселе менен барсаң да, жасы үлкенлик мәсләҳәтин берип, жол-жоба көрсетип турады. Әсиресе, той-мерекелерди, ҳәр қандай илажларды өткериўде белсене қатнасып келмекте. Сонлықтан да аймақ турғынларының бәршеси ақсақалды айрықша ҳүрмет етеди...
Есен ағаның 6 ул, 4 қызы жоқары мағлыўмат алып, бүгинги күни түрли тараўларда жемисли мийнет етип келмекте. Олардан 31 ақлық, 3 шаўлық сүйип отыр.
— Белгили «Авесто» китабындағы «Бул дүньядан өтер екенсең, изиңде жақсы сөз, жақсы нийет, саўап ислер қалсын»,-дегениндей, өмирим даўамында усы даналыққа сүйениўге ҳәрекет еттим,-дейди Есен аға Реймов. — Деген менен, ел алдында ислеген мийнетиңе, жәмийеттеги тутқан орныңа, адамгершилик пазыйлетиңе халық өзиниң әдил баҳасын береди. Перзентлеримизди де усы жолдан тәрбиялаўға ҳәрекет еттик. Нәтийжеси жаман болмады, деп ойлайман. Жасы үлкен-жасы киши, әтирап-аймақтағылар сыйлайды, төрден орын береди...
Мине усындай машақатлы, соның менен бирге ибратлы өмир жолын басып өткен Есен аға Реймов быйыл өмириниң сексенинши бәҳәрин күтип алды. Ул-қызларының, ақлық-шаўлықларының сүйикли атасы, аймақтың ҳүрметли жасы үлкени, төримиздиң жарасығы болған нураныйға беккем денсаўлық, узақ өмир тилеймиз.
Д.АБИБУЛЛАЕВ,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.
Дерек: «Еркин Қарақалпақстан» газетасы
Makan.uz сайтының жаңалықларын социаллық тармақларда көрип барың
- 15-05-2018, 17:32 |
- 453