1 мың мәмлекетлик хызметши шет еллерге стажировкаға жибериледи
Президент усы жылдың 3-октябрь күни «Президент жанындағы Мәмлекет хызметин раўажландырыў агентлиги искерлигин шөлкемлестириў ис-илажлары ҳаққында»ғы қарарды қабыллады.
Қарарға муўапық, мәмлекет органлары ҳәм шөлкемлердиң орта ҳәм төменги буўындағы ең белсене хызметшилерди 3 айдан 6 айға шекем болған мүддетке сырт еллерге стажировкаға жибериў бойынша бағдарлама ислеп шығылады.
Стажировка өтеп атырған шахсларға стажировқа өтип атырған мәмлекеттеги Өзбекстан елшиси мийнетине ҳақы төлеў муғдарының 60%ти муғдарында орташа айлық ис ҳақы төленеди.
Хызметши стажировка тамамлағаннан соң мәмлекет органы ҳәм шөлкемине кеминде 2 жыл ислеп бериўи шәрт.
Сондай-ақ, қарар менен Президент жанындағы Мәмлекет басқарыўы академиясы жанында Мәмлекет пуқаралық хызметшилери көнликпесин арттырыў орайы шөлкемлестирилди.
Аўдарма: makan.uz
Makan.uz сайтының жаңалықларын социаллық тармақларда көрип барың
- 9-10-2019, 10:41 |
- 691