Шавкат Мирзиёев Самарқандқа кетти
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 30-январь күни Ташкент қаласында Ислам Каримов естелигине гүллер қойды. Бул ҳаққында Президент баспасөз хызмети хабар берди. Мәмлекет басшысының 2017-жыл 25-январьдағы «Өзбекстан Республикасының Биринши Президенти Ислам Абдуғаниевич Каримовтың ядын мәнгилестириў ҳаққында»ғы қарарына муўапық, ҳәр жылы Биринши Президент туўылған сәне – 30-январь күнин кең белгилеў тастыйықланған.
Шавкат Мирзиёев Ислам Каримовты еслеў илажларында қатнасыў ушын Самарқандқа кетти.
Makan.uz сайтының жаңалықларын социаллық тармақларда көрип барың
- 30-01-2019, 11:35 |
- 468