Өзбекстан Президенти ҒМДА мәмлекетлери басшыларының мәжилисинде қатнасады
27-28-сентябрь күнлери Президент Шавкат Мирзиёев Тажикстанға барады. Президент Баспасөз хызмети басшысы Комил Алламжоновтың мәлим етиўинше, сапарының биринши күни Шавкат Мирзиёев бир қатар еки тәреплемели илажларда қатнасады.
28-сентябрь күни Өзбекстан Президенти Душанбе қаласында ҒМДА Мәмлекет басшылары кеңесинде қатнасады. Тар ҳәм кең шеңберлерде сөйлесиўлер өткерилиўи, бир қатар ҳүжжетлерге қол қойылыўы режелестирилген.
Дерек: Қарақалпакстан хабар агентлиги
Makan.uz сайтының жаңалықларын социаллық тармақларда көрип барың
- 19-09-2018, 10:59 |
- 226