Қубла Корея тәрепинен Өзбекистан экономикасына киритилген инвестицияның көлеми 7 млрд доллардан артты
Корея Республикасы Саўда, санаат ҳәм энергетика министрлиги департаменти бас директоры Канг Мёнг Су басшылығындағы делегацияның усы жыл 26-29-апрель күнлериндеги Өзбекистанға сапары даўамында 27-апрель күни Өзбекистан Республикасы Саўда-санаат палатасы тәрепинен еки мәмлекет исбилермен шеңбер ўәкиллери қатнасыўында бизнес-форум ҳәм кооперациялық биржа өткерлди. Бул ҳаққында Палатаның баспасөз хызмети хабар бермекте.
Ушырасыў ўақтында еки мәмлекет исбилерменлери ортасында бирге ислесиў мүнәсибетлерин еле де беккемлеў ҳәм раўажландырыўға байланыслы мәселелер сөйлесилди.
Өзбекистан Республикасы Мәмлекетлик статистика комитетиниң мағлыўматлары бойынша, 2016-жылы еки мәмлекет ортасындағы товар айланысы 1 048,6 млн. АҚШ долларын қурады, соннан экспорт 184,1 млн. АҚШ доллар, импорт – 864,5 млрд. АҚШ долларды қурады.
Қубла Корея тәрепинен Өзбекистан экономикасына киритилген инвестицияның көлеми 7 млрд. АҚШ доллардан артқан.
Өзбекистанда Корея инвестициясы қатнасы менен 461 кәрхана жумыс алып бармақта. Соннан 45 и100% Корея инвестициясы тийкарында шөлкемлестирилген. Бул компаниялар тийкарынан саўда, жеңил санаат, таў-кән, химия, азық-аўқат санаатлары, машинасазлық ҳәм металды қайта ислеў, үй-жай коммунал хожалығы, ден-саўлықты сақлаў, туризм ҳәм түрли хызмет көрсетиў тараўларында жумыс алып барады.
Фото: chamber.uz
Makan.uz сайтының жаңалықларын социаллық тармақларда көрип барың
- 28-04-2017, 11:55 |
- 468