Дағаза: Исбилерменлик субъектлерине
Өзбекистан Республикасы Саўда-санаат палатасының Қарақалпақстан Республикасы басқармасы Сизге төмендегилерди билдиреди.
Қоңырат районының «Қырық қыз» мәкан пуқаралар жыйыны аймағында тәжирийбели исбилерменлер қатнасыўында, жергиликли халыққа хызмет көрсетиў сапасын жоқарылатыў бойынша:
- балалар ушын аттракционлар орнатыў,
- гөш-сүт өнимлери менен тәмийнлеў саўда шақабшасы,
- палыз-мийўе өнимлери менен тәмийнлеў саўда орны,
- улыўма аўқатланыў орынларын шөлкемлестириўге қызыўшылық билдирген, усы аймақта өз бизнесин жүргизиў нийети бар болған пуқаралар ҳәм исблерменлердиң Өзбекистан Республикасы Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасының 8(361)770-71-01 телефон номерине, хабарласыўын сорайды.
Makan.uz сайтының жаңалықларын социаллық тармақларда көрип барың
- 23-12-2017, 20:46 |
- 427